Әндижан мәмлекетлик университети баслаўыш билимлендириў ҳәм спорт тәрбиялық жумысы билимлендириў бағдарына сыртқы бөлимге дизимнен өткен Дилнозахон Аббасова наўқаслығы себепли тез медициналық жәрдем хызмети менен биргеликте Әндижан мәмлекетлик университети шет тиллери факультети имаратындағы имтихан залына алып келинген. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги хабар берди.
Университет наўқас абитуриентке зәрүрли медициналық жәрдемди тәмийинлеп берип, оған имтиханларға қатнасыў имканиятын жаратып берди. Абитуриент тест сораўларын жатқан ҳалда шешип, қыйыншылықларсыз имтиханларды жуўмақлады.
Имтихан соңында абитуриент усындай жағдайда тест тапсырыўға жетерли түрде шараят жаратып берген тест орайы ҳәм Әндижан мәмлекетлик университетиниң жуўапкер хызметкерлерине өз миннетдаршылығын билдирди.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz