Telegram karinform

Мәденият

  • 03.11.2017 09:27
  • 2503

Қайтыс болса да аты миллионлап пайда келтирип атырған белгили адамлар

Қайтыс болса да аты миллионлап пайда келтирип атырған белгили адамлар

«Forbes» журналы дүзген усындай рейтингде Майкл Джексон биринши орынды ийелеп тур. Ол усы рейтингде 5 жылдан берли бириншиликти ийелеп келмекте. Оның соңғы 12 айдағы табысы 75 миллион долларды қурады. Гольф короли Арнольд Палмер 40 миллион доллар менен екинши, ал белгили сүўретши-карикатурист Чарльз Шульц 38 миллион доллар менен үшинши орында тур. Булардан кейинги орынларда Элвис Пресли (35 миллион доллар), Боб Марли (23 миллион доллар), Том Петти (20 миллион доллар) менен Принс (18 миллион доллар) сыяқлы белгили қосықшылар көрсетип өтилген. Өзлери қайтыс болса да, атлары елеге шекем пайда келтирип турған белгили инсанлар қатарында Доктор Сьюз (16 миллион доллар) лақабы менен белгили болған жазыўшы, мультипликатор Теодор Зойс Гайзель, The Beatles топарының солисти Джон Леннон (12 миллион доллар) менен илимпаз Альберт Эйнштейн (10 миллион доллар) де бар.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында