Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.08.2019 15:08
  • 1227

Ҳаўа жоллары авиакомпаниясы билетлер баҳалары ушын 50 процентке шекемги шегирмелер жәриялады

Ҳаўа жоллары авиакомпаниясы билетлер баҳалары ушын 50 процентке шекемги шегирмелер жәриялады
«Өзбекстан ҳаўа жоллары» миллий авиакомпаниясы 31-августтан 3-сентябрьге шекем ишки жөнелисте әмелге асырылатуғын барлық рейслер ушын шегирмелер жәриялады. Билет сатып алып атырғанда шегирмени Өзбекстан пуқаралары менен бирге сырт елли пуқаралар да алыўы мүмкин.

Байрам шегирмелери:
- индивидуал жолаўшылар ушын – 30%;
- туристлик топарлар (5 ҳәм оннан аслам адам), лицей ҳәм жоқары оқыў орынлары, колледжлердиң оқыўшы ҳәм студентлери, ӨзР Ишки ислер министрлиги, Билимлендириў министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Мәмлекетлик салық комитети, Мәмлекетлик бажыхана комитети структураларындағы арнаўлы оқыў орынлары ҳәм басқа мәкемелердиң тыңлаўшы және оқыўшылары ушын – 40%;
- шаңарақ ушын (2 ямаса оннан көп адам, сондай-ақ, ерли-зайыплы, күйеўи, ҳаялы ҳәм олардың 18 жасқа толмаған перзентлери; 18 жасқа толмаған перзенти менен бирге баратырған ата-аналар) – 50%;
- пенсионерлер ҳәм майыплар ушын – 50%;
- 1941-1945-жыллардағы урыс қатнасыўшылары ҳәм оларға теңлестирилген, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыс дәўириндеги пидәкерлик мийнети ҳәм әскерий хызмети ушын орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған адамлар ушын – 50%;
- Чернобыль АЭС апатшылығы ақыбетлерин сапластырыўға қатнасқан пуқараларымыз ушын – 50%.

Шегирмели авиабилетлерди «Өзбекстан ҳаўа жоллары» МАКтың авиабилетлерди сатыў орайлық офиси ҳәм Өзбекстан аэропортларының кассаларында шегирмелерди алыў ҳуқықын беретуғын, тийисли ҳүжжетлерди усынған ҳалда сатып алыў мүмкин.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған