Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.08.2019 17:12
  • 1624

«Жаслық» колониясы не ушын жабылмақта? Ишки ислер министри анық жуўап берди

«Жаслық» колониясы не ушын жабылмақта? Ишки ислер министри анық жуўап берди
ӨзР Ишки ислер министри Пўлат Бобожонов 1999-жылы Қоңырат районының Жаслық қорғанында қурылған колонияның жабылыўы ҳаққындағы қарар Өзбекстанның халықаралық абырайына унамлы тәсир еткенин атап өткен.
Министр бул жерде аўыр ҳәм оғада аўыр жынаятларды әмелге асырған ҳәм узақ мүддетке еркинен айырыў жазасына ҳүким етилген адамлар сақланып атырғаны, бул колония тек ғана өзимиздиң пуқараларымыз арасында емес, соның менен бирге, халықаралық шөлкемлер арасында да унамсыз атқа ийе болған колония деп есапланатуғынлығын қосымша еткен.
- Бул колонияны ҳүрметли Президентимиздиң қарары тийкарында сапластырыў не ушын зәрүр болды? Бириншиден, орналасыўы – Нөкис қаласынан 300 километр, Қоңырат районы орайынан болса 180 километр қашықлықта жайласқан. Екиншиден, климатын алып қарасақ, қыста қақаман суўық, жазда жәзийрама ыссы. Жазаны атқарып атырған адамлар, олардың жақынларының келип-кетиўине де оғада қолайсыз, - деген министри.
- Көз алдыңызға келтириң, Ферғана ўәлаятынан, Әндижан ямаса Сурхандәрья ўәлаятынан ата-ана ямаса перзентлери менен сол жерде жазасын атқарып атырған тутқынды көриў ушын келиў оғада көп аралықты басып өтип, Жаслық қорғанына барыўды талап етер еди, - деп айтып өткен Бобожонов.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған