Telegram karinform

Сиясат

  • 08.08.2019 09:25
  • 2092

Алмазбек Атамбаев: «Мени қолға алыў ушын «Alfa» антитеррористлик арнаўлы бөлими жиберилди»

Алмазбек Атамбаев: «Мени қолға алыў ушын «Alfa» антитеррористлик арнаўлы бөлими жиберилди»

Қырғызстанның алдынғы президенти Алмазбек Атамбаев өзиниң бақлаўында болған «Aprel» телеканалы арқалы күш ислететуғын органларды «халыққа қарата оқ атпаўға» шақырды, деп хабар берди Tengrinews.
Бул органларға қарата ол: «Өз халқыңызға оқ атпаң, булардың барлығы сиз ушын жаманлық пенен жуўмақланады», — дейди Атамбаев.
Ол айыпсыз адамлар жәбирленгенинен пушайман екенлигин айтып өткен. «Бүгин мени қолға алыўға урынды, бирақ, бунда көплеген адамлар жарақатланды. Мени қолға алыў ушын «Alfa» антитеррористлик арнаўлы бөлими жиберилген. Биз терроршы емеспиз. Мен де, үйим әтирапындағы тыныш халық та терроршы емеспиз. Көпшилик мениң менен сүўретке түсиў ушын келген. Әмелдеги ҳәкимияттың бундай итибарсызлығы адамды ҳайран қалдырады», — дейди алдынғы президент.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған