Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.08.2019 10:54
  • 1297

«Тәлим кредити» кимлер ушын ҳәм оны алыў шәртлери қандай?

«Тәлим кредити» кимлер ушын ҳәм оны алыў шәртлери қандай?
Банклер тәрепинен жоқары билимлендириў мәкемелериниң күндизги бөлимлерине төлемли контракт тийкарында қабыл етилген Өзбекстан Республикасының пуқарасы болған студентлердиң оқыўы ушын олардың өзлерине, ата-аналары ямаса қәўендерлерине тәлим кредитлери берилиўи мүмкин.
Тәлим кредитлери студентлер ушын бакалавриатқа оқыўға қабыл етилгенде 10 жылға шекем ҳәм магистратураға оқыўға қабыл етилгенде 5 жылға шекемги болған мүддетке бериледи.

Банклер тәрепинен берилген тәлим кредитлери бойынша:
- шын жетимлер, «Меҳрийбанлық үйлери»нде тәрбияланғанлар және балалықтан I ҳәм II топар майыпларына – ноль процент ставкасы (процентсиз кредит);
- студентлердиң қалған категорияларына – Орайлық банктиң әмелдеги қайта қаржыландырыў ставкасынан жоқары болмаған процент ставкалары белгиленеди.

Тәлим кредити ушын банке төмендеги ҳүжжетлер усынылады:
1) арза;
2) төлемли контракт шәртнамасы (контракт);
3) кредитти қайтарыўдың тәмийинлениўи ҳаққындағы ҳүжжет;
4) жеңилликли тәлим кредитлерин алыў ҳуқықына ийе болған шын жетимлер, «Меҳрийбанлық үйлери»нде тәрбияланғанлар, балалықтан I ҳәм II топар майыплары, кем тәмийинленген шаңарақлардан шыққанлар тийисли тастыйықлаўшы ҳүжжетлерин усынады.

Қарыз алыўшы жоқарыдағы ҳүжжетлерди банкке усыныў менен бирге паспорттың түп нусқасын көрсетеди. Банк паспорттан ҳәм усынылған басқа ҳүжжетлерден зәрүрли көширмелер ҳәм нусқалар алыўға ҳақылы болып табылады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған