Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.08.2019 16:30
  • 1008

Блогерлер пост астындағы комментарийлерди өшириўге мәжбүр ме? Нызамшылықта бул ҳаққында не делинген?

Блогерлер пост астындағы комментарийлерди өшириўге мәжбүр ме? Нызамшылықта бул ҳаққында не делинген?
Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналында мәлим етилиўинше, 2014-жылы «Мәлимлемелестириў ҳаққында»ғы нызамға киргизилген өзгерислерге муўапық, (бул талаплар блогерлерге де тийисли) веб-сайт ҳәм (ямаса) веб-сайттың бетинен төмендеги мақсетлерде пайдаланылыўына жол қойылмаўы шәрт:

- әмелдеги конституциялық дүзимди, аймақлық пүтинликти зорлық пенен өзгертиўге шақырыў;
- урыс, зорлық ҳәм терроризмди, сондай-ақ, диний экстремизм, сепаратизм ҳәм фундаментализм идеяларын үгит-нәсиятлаў;
- мәмлекетлик сыр есапланған мағлыўматларды ямаса нызам менен қорғалатуғын басқа сырды әшкаралаў;
- миллий, расалық, этникалық ямаса диний келиспеўшилик пайда етиўши, сондай-ақ, пуқаралардың абыройы ҳәм қәдир-қымбатына ямаса жумыстағы абыройына зыян жеткериўши, олардың жеке өмирине араласыўға жол қоятуғын мәлимлемени тарқатыў;
- нәшебентлик, психотроп затлар ҳәм прекурсорларды үгит-нәсиятлаў;
- порнографияны үгит-нәсиятлаў;
- нызамға муўапық жынайы ҳәм басқа жуўапкершиликке себепши болатуғын басқа ҳәрекетлерди әмелге асырыў.

Хабарда жазылыўынша, постлар астындағы комментарийлерде жоқарыда атап өтилген мәлимлемелер болған пикирлер, шақырықлар болса, нызам талабына муўапық, блогерлер усындай комментарийлерди өшириўи керек болады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған