Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.08.2019 15:29
  • 1501

Қызлар ушын неке жасы өзгертиледи

Қызлар ушын неке жасы өзгертиледи
Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 15-статьясына өзгерис киргизиў, яғный жаслар ушын неке жасын өзгертиў жобаластырылмақта. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутаты Расул Кушербаев социаллық тармақтағы бетинде хабар берди.
«Бүгинги фракциямыз мәжилисинде «Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 15-статьясына өзгерис киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы жойбары шеңберинде бул мәселе көрип шығылып, мақулланды. Енди жойбар гезектеги улыўмалық мәжилисте көрип шығылады.
«Бала ҳуқықлары ҳаққында»ғы Конвенцияның 1-статьясына муўапық, 18 жасқа толмаған ҳәр бир адам бала есапланады.
Өзбекстан Республикасы усы Конвенцияға 1992-жылы 9-декабрьде қосылған. Бирақ, Өзбекстан Республикасының миллий нызамшылығында он сегиз жасқа толмаған адамның некеден өтиўине (турмысқа шығыўына) рухсат берилиўи ҳаққындағы норманың болыўы халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормалары ҳәм принциплерине муўапық емес еди.
Жоқарыда атап өтилгенлерге тийкарланып, Шаңарақ кодексиниң 15-статьясы биринши бөлими менен неке жасы еркеклер ҳәм ҳаял-қызлар ушын 18 жас етип белгиленбекте. Әмелде болса ҳаял-қызлар ушын 17 жас.
Мағлыўматларға қарағанда, ПҲАЖ уйымлары тәрепинен 17 жаста некеси дизимге алынған ҳаял-қызлардың саны 2016-жылы 4233 ти, 2017-жылы 4853 ти ҳәм 2018-жылы 5123 ти қураған.
Нызамның қабыл етилиўи ҳаял-қызлардың ерте турмыс қурыўы ҳәм ерте ҳәмиледарлығының алдын алыўға хызмет етеди.
Нызам жойбарын ислеп шығыў процесинде сырт еллерде неке жасының белгилениў жағдайы да үйренилген. Атап айтқанда, Россия, Армения, Тәжикстан, Әзербайжан, Украина, Молдова, Франция, Германия ҳәм Филиппин Республикасында неке жасы еркеклер менен ҳаял-қызлар ушын он сегиз жас етип белгиленген.
Узақ ўақытлардан берли көп пикир-таласларға себепши болып киятырған неке жасы мәселесинде ҳештен гөре кеш болса да логикалы қарарға келинип атырғаны көпшилигимиз ушын разы болыўға арзыйтуғын жағдай», - деген депутат.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған