Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.08.2019 18:05
  • 2250

Быйылғы теримде пахтаның бир килограмы ушын неше сум төленетуғыны мәлим болды

Быйылғы теримде пахтаның бир килограмы ушын неше сум төленетуғыны мәлим болды
Өзбекстан Республикасы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаў порталында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «2019-жыл зүрәәти пахта шийки затының жыйм-терим жумысларын үйлесимли түрде өткериў илажлары ҳаққында»ғы қарарының жойбары додалаўға қойылды.

«2019-жыл зүрәәти ушын жетистирилген пахта шийки затын терип алыўда:
- пахта шийки затының машинада терилген 1 тоннасы ушын 500 000 сум хызмет ҳақы төлеў;
- пахта шийки затының қолда терилген 1 килограмы ушын биринши теримде орташа талшықлы пахта сортлары ушын – 800 сумнан, узын талшықлы пахта сортлары ушын – 1000 сумнан, екинши теримде орташа талшықлы пахта сортлары ушын – 1000 сумнан, узын талшықлы пахта сортлары ушын – 1400 сумнан мийнет ҳақы төлеў;
- пахта жыйым-терими мәўсиминде терим отряды басшылары және Сырдәрья ўәлаятында шөлкемлестирилип атырған атыз орайларының басшыларына (менеджерлери) пуқаралық-ҳуқықый шәртнамалар тийкарында Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы Жәмийетлик жумыслар қоры қаржылары есабынан мийнет ҳақы төлеў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын», - деп жазылған қарар жойбарында.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған