Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.08.2019 10:51
  • 1697

Президент қарары: Аграр университети ҳәм оның филиалларында оқыў ҳәптесине 5 күнлик болады. Және қандай жаңалықлар бар?

Президент қарары: Аграр университети ҳәм оның филиалларында оқыў ҳәптесине 5 күнлик болады. Және қандай жаңалықлар бар?
2019-жыл 19-август күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Ташкент мәмлекетлик аграр университети жумысларын еле де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары жәрияланды.
Аўыл хожалығында инновациялық ресурс үнемлейтуғын технологияларды қолланыў, «ақыллы аўыл хожалығы» (Smart agriculture) ҳәм санлы агротехнологияларды енгизиў бойынша заманагөй билимлерге ийе болған кадрлар таярлаў ҳәм басқалар баслы бағдарлар етип белгиленди.

Қарарға муўапық 2019-2020-оқыў жылынан баслап университетте ҳәм оның филиалларында:

- 5411500 – Өсимликлер ҳәм аўыл хожалық өнимлери карантини бакалавриат билимлендириў бағдарында билимлендириўдиң кредит системасы басқышпа-басқыш енгизиледи;
- университеттиң 2-курс студентлери арасынан сайлап алынған қәбилетли студентлер ушын билимлендириўдиң айырықша бағдарламалары тийкарында оқытылатуғын арнаўлы топарлар шөлкемлестириледи;
- сырт еллердиң жетекши жоқары оқыў орынларында сынақтан өткен тәжирийбелерди үйрене отырып университетте басшы кадрлар және профессор-оқытыўшылардың жумысларының нәтийжелилигин баҳалаў системасы енгизиледи.

Аўыл хожалығында агротехникалық илажлардың мәўсимли екенлигин есапқа алып, диссертацияларда еки жыллық илимий-әмелий атыз тәжирийбеси нәтийжелериниң қамтып алыныўын тәмийинлеў мақсетинде аўыл хожалығы тараўындағы магистратура қәнигеликлериниң оқыў процеси январь айынан басланады.
Бунда билимлендириўдиң кредит системасында студентлер ушын ҳәптесине бес күнлик оқыў және ҳәптениң шемби күни өз бетинше өзлестириў күни деп белгиленеди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...