Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында Нөкис қаласында Қарақалпақстанды ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша жыйналыс болып өтпекте, деп
хабар берди Президент баспасөз хызмети.
Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, қала ҳәм район секторларының басшылары, министрлик ҳәм мәкемелердиң жуўапкерлери қатнаспақта.
Барлық тараў ҳәм аймақларда, атап айтқанда, Қарақалпақстанда да унамлы сапалық өзгерислер тәмийинленбекте. Биринши ярым жыллықта улыўма аймақлық өним 7,2 процентке, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў 5,4 процентке, қурылыс жумысларының көлеми 45 процентке өскен.
Президентимиз аймақта еле үлкен машқалалар көплиги, санаатты раўажландырыў, жумыс орынларын көбейтиў бойынша жумыслар жетерли емеслигин атап өтти.
- Бул жерге қол шапалақлары ушын емес, ислеў ушын, халқымыздың көзин көриў ушын келдим, - деди Шавкат Мирзиёев. – Дүньяға көзқарасын өзгертпеген сектор басшылары аяғымызға тусаў. Жумысқа кирген бир ҳаял-қыздың бахтын көз алдыңызға келтиресиз бе? Жасларды ким жетелейди, дурыс бағдар береди? Мойнақ мысалында көрип турсыз. Адамлардың көзлеринде «ислесе болады екен-ғой» деген нур бар. Бирақ, енди бул тарийх. Барлық районларда усындай өзгерислер ислеў керек.
Биринши ярым жыллықта Қарақалпақстанда санаат өндирисиниң көлеми бары-жоғы 0,5 процентке өскени, Тахтакөпир, Шоманай, Нөкис, Шымбай, Төрткүл, Кегейли районларында санаат дерлик жоқ екенлиги сын астына алынды. Хызмет көрсетиў, исбилерменлик раўажланыўының төменлиги де көрсетип өтилди.
- Соңғы үш жыл даўамында түпкиликли реформалар нәтийжесинде көплеген тараўларды еркинлестирдик, олардың раўажланыўына кесент еткен шеклеўлерди бийкар еттик. Қарақалпақстанда да ҳәр бир сектор басшысы шеклеўлерди бийкар етемен, исбилерменге хызмет етемен, деген қағыйда, уран менен ислеўи керек, - деп атап өтти Президент.
Аўдарма: Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz