Telegram karinform

Сиясат

  • 21.08.2019 22:33
  • 1802

Шавкат Мирзиёев Тақыятас ыссылық электр станциясында әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлардың барысы менен танысты

Тақыятас ыссылық электр станциясында ҳәр бири 230-280 мегаватт қуўатлылыққа ийе болған еки пуў-газ қурылмасы орнатылмақта.
Президент Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстанға сапары даўамында усы инвестициялық жойбар бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди.
- Елимизде санаатты раўажландырыў бағдарында үлкен шеклерге қарай баратырмыз, тиккелей сырт ел инвестицияларын тартып атырмыз. Булар ушын ең алды менен беккем инфраструктура керек. Бул жойбар Қарақалпақстан ҳәм Хорезмде энергия тәмийнатын жақсылаў, халыққа гүз-қыс мәўсиминде де үзликсиз электр қуўатлылығын жеткерип бериў ушын оғада әҳмийетли, - деди мәмлекетимиз басшысы.
Шавкат Мирзиёев Тақыятас ыссылық электр станциясында әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлардың барысы менен танысты
Шавкат Мирзиёев Тақыятас ыссылық электр станциясында әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлардың барысы менен танысты
Бундай стратегиялық жумыслар басқа аймақларда да әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Тўрақўрғон ыссылық электр станциясы қурылмақта, Наўайы ыссылық электр станциясы ҳәм Ферғана ыссылық электр орайы модернизацияланбақта.
Тақыятас ыссылық электр станциясы булардың төртиншиси есапланады.
Президентимиздиң 2017-жыл 11-сентябрьдеги қарары тийкарында әмелге асырылып атырған усы жойбардың улыўмалық баҳасы 678,2 миллион долларды қурайды. Еки пуў-газ қурылмасының иске түсирилиўи нәтийжесинде станцияның улыўмалық қуўатлылығы 730 МВттан 1003 МВтға шекем көбейеди. Жылына 488,6 миллион куб метр газдиң үнемлениўине ерисиледи. Сондай-ақ, жыллық суў сарпланыўы 293 миллион куб метрге азаяды. Жүзге шамалас жаңа жумыс орны жаратылады.
Тақыятас ЫЭСте биринши пуў-газ үскенеси быйылғы жылы ноябрьде, усындай қуўатлылыққа ийе екинши үскене кейинги жылдың январь айында иске түсириледи.
Жойбар Қубла Кореяның «Hyundai Engineering Co. Ltd.» және «Hyundai Engineering & Construction Co. Ltd.» компаниялары менен биргеликте әмелге асырылмақта. Мәмлекетимиз басшысы усы компаниялардың ўәкиллери менен сәўбетлести.
Соның менен Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасына сапары жуўмақланды.
Шавкат Мирзиёев Тақыятас ыссылық электр станциясында әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлардың барысы менен танысты
Шавкат Мирзиёев Тақыятас ыссылық электр станциясында әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлардың барысы менен танысты
Шавкат Мирзиёев Тақыятас ыссылық электр станциясында әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлардың барысы менен танысты
Шавкат Мирзиёев Тақыятас ыссылық электр станциясында әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлардың барысы менен танысты

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

        Apple‘дың жаңа смартфонлары АҚШ президенти Доналд Трамп ҳәкимшилигиниң бажыхана төлемлери себепли 30 процентке қымбатлаўы мүмкин.