Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.08.2019 16:21
  • 1240

«Тонировка» жәриймаға тартыўға себепши болыўы мүмкин. Егер…


Ҳәзирги ўақытта автомашиналардың айналарын «тонировка»лаўда бир түсинбеўшилик жүзеге келгени бақланбақта. Яғный, айналарды неше процентке қарайтыў керек деген сораў ҳәр қыйлы пикир-таласларға себепши болмақта, деп жазады Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы.
Ҳүкиметлик қарарда алдынғы қаптал айналарының реңин жақтылық өткериўшеңлиги 50 проценттен кем болмаған дәрежеде қарайтыўға рухсат етилген (төлем тийкарында). Бул алдынғы қаптал айналар кеминде 50 процентлик жақтылық өткериўи шәрт дегенди аңлатады.
Бул нормада алдынғы қаптал айналарға 50 процентлик «тонировка» орнатыў ушын рухсат берилмеген, керисинше, жақтылық өткериўшеңлиги 50 проценттен кем болмаған дәрежеде қарайтыўға рухсат етилген. Яғный +50% емес, =50%.
Ҳәзирги ўақытта ислеп шығарылып атырған автомашиналар айналарының (әдетте «люкс» автомашиналар) 30 процентке шекем қарайтылған болыўын есапқа алсақ, алдынғы қаптал айналарын 20 процентке шекем қарайтыўдың өзи жеткиликли болады. Буннан артығы – артық, белгиленген нормадан өтип кетеди.
Артқы қаптал ҳәм артқы айналарға болса буның әҳмийети жоқ. Себеби, бул айналардың реңин жақтылық өткериўшеңлиги шекленбеген муғдарда өзгертиўге рухсат етилген.
Ҳәммемизге белгили, автомашина айналарының төменги тәрепинде айнаның неше пройент жақтылық өткериўшеңлик дәрежеде екенлиги жазылған болады.
Әдетте «әпиўайы» классқа киретуғын автомашина айналарының жақтылық өткериўшеңлиги 100 процент, «люкс» классына киретуғын автомашина айналарының жақтылық өткериўшеңлиги болса 70 процент болады.
Соннан келип шығып, автомашиналардың алдынғы қаптал айналарын қарайтыўда айнаның өзинде белгиленген жақтылық өткериўшеңлик дәрежесин есапқа ала отырып, «тонировка»лаў мақсетке муўапық болып табылады.
Жуўмақлап айтқанда, автомашиналардың алдынғы қаптал айналары «тонировка»ланғанда бул айнадан кеминде 50 процент жақтылық өтиўи шәрт. Керисинше жағдайдай, «жәрийма майданшасы»на жол алады, басқарыўшы болса көп муғдарда жәрийма төлеўине туўра келеди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...