Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.08.2019 15:16
  • 1252

Адамлардың қаржыларын алдаў жолы менен өзлестирген жигитке 4 жылға еркинен айырыў жазасы тайынланды

Адамлардың қаржыларын алдаў жолы менен өзлестирген жигитке 4 жылға еркинен айырыў жазасы тайынланды

Бир неше мәрте жынаятқа қол урған 24 жаслы У.А. шаңарағынан ажырасқан. Өзиниң жынайый ислерин 19 жасында баслап, судланып, тийисли жазасын алған У.А.ның бир қатар жынаятлары туўралы жынаят ислери бойынша Қоңырат районы суды баслығы Д.Разов хабар берди.
Жынайый ҳәрекетлеринен жуўмақ шығармаған У.А. 2018-жылы 27-август күни Қоңырат районында жасаўшы танысы Х.К.ға «Жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы Қоңырат районы филиалы баслығы мениң дайым, сол жерге жумысқа орналасыўыңа жәрдем беремен» деген ўәделер менен 100.000 сўм пулын алады. Ертеңине болса район орайында жайласқан аўқатланыў орнында, спиртли ишимлик ишип отырып, сол жерге аўқатланыў ушын келген О.М.ның исенимине кирип, «Телефоныңызды берип турың, сөйлесип алайын» деп телефонын алып кетип, ертеңине гөне затларды сататуғын базарда саўда ислеп турған ҳаялға, «машинамды урып алып едим, оңлатыўға ақша керек болып тур еди» деген себеп пенен оны 750.000 сўмға сатады.
2-сентябрь күни Қоңырат районы медицина бирлеспеси аймағында М.П. менен танысып, «әкем темир жол тараўында ислейди, Қазақстаннан телефон алдырып беремен» деп 300.000 сўм пулын алады. Және арадан үш-төрт күн өткеннен соң сол аймақта реанимация бөлими алдында М.У. менен танысып, оған кемпир апасының реанимация бөлиминде аўыр аўҳалда жатырғанын айтып, 2.500.000 сўм пулын қайтарып бериў шәрти менен алады.
Жынаят жолы менен көплеген адамларды алдап, олардың қаржыларын өзлестирген бул жигиттиң нызам алдында жуўап бериўине туўра келди. У.А.өз айыбын толық мойынлады. Судтың 2019-жыл 2-август күнги ҳүкими бойынша У.А.ға Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ 168-статьясы 3-бөлими «б» бәнти ҳәм 28,211-статьясы 2-бөлими «а» бәнти менен айыплы деп табылып, ЖКниң 57, 59, 60-статьялары тәртибинде 4 жыл мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланды.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған