Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.09.2019 10:17
  • 1224

Еркинен айырыў жазасын өтеп атырған 23 жынаятшының жазасы жеңили менен алмастырылды

Еркинен айырыў жазасын өтеп атырған 23 жынаятшының жазасы жеңили менен алмастырылды

Жынаят ислери бойынша Қоңырат районы судының 2019-жыл 5-сентябрь күнги уйғарыўы бойынша мәнзил-колонияда жаза мүддетин өтеп атырған 23 жынаятшы жаза мүддети жеңили менен алмастырылды. Олардың жаза мүддетин өтеў дәўиринде орнатылған ишки тәртип-қағыйдаларды бузбағанлығы, колония администрациясы тәрепинен унамлы минезлеме берилгенлиги ҳәм олардың дүзелиў жолына өткенлиги ҳаққындағы мағлыўматнамаларын, әмелге асырған жынаятларынан шын кеўилден пушайман екенлигин, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 73- ҳәм 74-статьяларында белгиленген мүддетлерин өтеп болғанларын есапқа алып, еркинен айырыў жазалары жеңили менен алмастырылды ҳәм жазасын өтеўден мүддетинен бурын шәртли азат етилди, деп хабар берди Жынаят ислери бойынша Қоңырат районы судының баслығы Д.Разов.

Еркинен айырыў жазасын өтеп атырған 23 жынаятшының жазасы жеңили менен алмастырылды

Сондай-ақ, суд тәрепинен жынаятшылардың шаңарағына қуўысқанынан соң жумысқа орналасыўлары ҳәм пайдалы ислер менен шуғулланыўлары, жынаят жолына қайта қәдем баспаўы бойынша түсиник жумыслары алып барылды.

Еркинен айырыў жазасын өтеп атырған 23 жынаятшының жазасы жеңили менен алмастырылды

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған