Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.09.2020 17:44
  • 1976

Дүньяны қорқынышқа салған ҳәм геосиясатты пүткиллей өзгертип жиберген ўақыяға 19 жыл толды

Дүньяны қорқынышқа салған ҳәм геосиясатты пүткиллей өзгертип жиберген ўақыяға 19 жыл толды
2001-жыл 11-сентябрь. Дүньяны қорқынышқа салған, XXI әсирдеги ең ири терроршылық ҳәрекетлерине 19 жыл толды. Дүнья жәмийетшилиги ҳәм халықаралық шөлкемлер террор бәлесиниң не екенлиги ҳәм оның адамзатқа болған қәўпин түсинип жетиўине үлкен түртки болған бул ўақыяның жүз бергенине 19 жыл болған болса да, елеге шекем әҳмийетин жойтпады.
Сол күни АҚШта дүньядағы ең қорқынышлы терроршылық ҳәрекети әмелге асырылды. Бостон, Нью-Йорк ҳәм Вашингтоннан ҳаўаға көтерилген 4 жолаўшы самолётларының басқарыўын қолына алған бир топар терроршылар Нью-Йорк қаласында жайласқан егизек имаратларға ҳәм Вирджиния штатында жайласқан АҚШ Қорғаныў министрлигиниң штаб-квартирасы – Пентагонға барып урылды.
11-сентябрь саат 08:00. Бостон қаласындағы Логон халықаралық аэропортынан Лос-Анджелеске қарай ҳаўаға көтерилген АҚШ ҳаўа жолларына тийисли Boeing 767-223ER маркалы самолёт борттағы 5 терроршы тәрепинен ийеленип, азанғы саат 08:46 да Жәҳән саўда орайына (егизек имаратларға) барып урылды.
17 минуттан кейин «United Airlines»тиң 175-санлы самолёты Жәҳән саўда орайының екинши имаратына барып урылады. Дүнья халқын өзинде жәмлеген АҚШ пенен бирге дүньяның ҳәр қыйлы орынларында жүз берип атырған ўакыялар тиккелей эфирде алып көрсетилди. Дүньяның нәзери, сиясатшылардан баслап көркем өнерине шекем, спортшыдан баслап исбилерменге шекем АҚШ ҳаққында сөйлести. Оның қанлы тәғдирине аяныш көзи менен қараған еди.
Арадан көп ўақыт өтпей-ақ, «American Airlines»қа тийисли болған самолёт Вирджиния штатында жайласқан мәмлекетлик Қорғаныў министрлигиниң штаб-квартирасы – Пентагонға барып урылды.
Дүньядағы ең күшли әскерий күшке ийе болған АҚШ қорғаныў системасы бул ҳүжимлерден өзин қорғай алмағаны басқа еллерди ҳайран қалдырды.
Сол ўақытта Пенсильвания жақынларында және бир жолаўшы самолёты аварияға ушырағаны ҳаққында хабар берилди. Бул самолёт терроршы күшлер тәрепинен алып қашылғаны ҳәм ол Вашингтонға қарай, яғный Ақ үйге қарай жол алғаны сорастырыў нәтийжесинде анық болды.
АҚШтың сол ўақыттағы президенти Джордж Буш бул ўақытта Флорида штатындағы бир мектепте оқыўшыларға «Гүнә ешкиси» (A scapegoat) гүрриңин оқып берип атырған еди.
Барлық ҳүжимлер ақыбетинде улыўма 2977 адам қайтыс болғаны мәлим етилди.
Бул ҳүжимлер «Аль-Каида» терроршылық шөлкеми басшысы Усама бен Ладенниң арнаўлы тапсырмасы тийкарында әмелге асырылғаны атап өтилди.

Хош, дүньяны қорқынышқа салған терроршылық ҳәрекетин әмелге асырған бул шөлкемниң тарийхы қандай?

1979-жылы СССР ҳүкимети тәрепинен Аўғанстанға әскерий күшлердиң киргизилиўи нәтийжесинде Аўғанстанда СССР ҳәм әмелдеги ҳүкиметке қарсы болған күшлер «мужаҳидлер» атамасы менен қураллы гүрес алып барды.
1984-жылы Абдуллаҳ Аъзам ҳәм Усама бен Ладен аўған «мужаҳид»лерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Мактаб аль-Хидмат»ты (Хызметлер бюросын) шөлкемлестирди. Кейин ала усы шөлкем тийкарында Усама бен Ладен 1988-жылы өзиниң терроршылық шөлкеми – «Аль-Каида»ны шөлкемлестиреди.
Бул шөлкем жыллар даўамында айырым «қара күшлер» тәрепинен қаржы ҳәм қурал-жарақ пенен тәмийинленип келинген. Бунда аймақтағы геосиясий жағдайды қадағалап турыў сыяқлы мақсетлер гөзленген еди.
11-сентябрь ўақыяларынан соң АҚШ ҳүкимети бен Ладен ҳаққында берилген анық мағлыўматқа еки миллион АҚШ доллары муғдарында сыйлық жәриялады.
Бирақ, бул ҳәрекетлер өз нәтийжесин бермеди. 10 жыл даўамында «Аль-Каида» жетекшисин қолға алыў ҳәм жоқ етиў ушын бағдарланған ҳәрекетлер бийкарға кетти.
2011-жылы 2-май күни Пакистан Ислам Республикасының Аботтаабод қаласында өткерилген әскерий операция ўақтында Усама бен Ладен өлтирилди.
Айырым сиясатшылардың пикиринше, 11-сентябрь ўақыялары себепли дүньядағы сиясий жағдайлар түпкиликли өзгерип кетти. Буған мысал сыпатында АҚШ ҳүкимети ўақыялардан бир ай өтип Аўғанстанға ҳаўадан ҳүжим шөлкемлестирди.
2003-жылы Ирак ҳүкимети тәрепинен химиялық ҳәм биологиялық қураллар ислеп шығылғаны атап өтилип, Ирак басшысы Саддам Хусейн ҳәкимиятын аўдарыў мақсетинде урыс жәрияланды.
Жуўмақлап айтқанда, 2001-жыл 11-сентябрьде жүз берген терроршылық ҳүжими – XXI әсирде адамзат ушын жаңа машқала ҳәм қарама-қарсылықлар ҳаққындағы хабардың «ескертиўши сигналы» болды. Бул ўақыя дүнья геосиясатында жаңа дәўирди баслап берди.

Ислам Матеков аўдармасы.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбек фотографиясының қәлиплесиўинде биринши өзбек кинооператоры ҳәм фотографы Худайберген Девоновтың хызметлери айрықша орынды ийелейди. Ол тек...

Белгили художник Базарбай Серекеев үй музейиниӊ ашылыў салтанаты болып өтти (+фоторепортаж)

Белгили художник Базарбай Серекеев үй музейиниӊ ашылыў салтанаты болып өтти (+фоторепортаж)

        Бүгин, усы жылдың 2-декабрь сәнесинде Нөкис қаласы Ақ көл көшесинде Қарақалпақстан халық художниги, Қарақалпақстан Республикасына

17-ноябрь – Халықаралық студентлер күни

17-ноябрь – Халықаралық студентлер күни

    Студентлик – алтын дәўир. Өйткени, бул жаслық жигер, илҳәм-йош, қуўанышқа толы өмирдиң бир мәўрити болып