Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.09.2019 17:36
  • 1137

70 күн алдын Әндижаннан Мойнаққа пияда жолға шыққан саяхатшы қай жерде?

70 күн алдын Әндижаннан Мойнаққа пияда жолға шыққан саяхатшы қай жерде?
Әндижан ўәлаятының Хонобод районынан Мойнаққа қарай пияда жолға шыққан Соҳиб Ражабов 70 күн дегенде Бухара қаласына жетип келди. Бул ҳаққында «Халқ сўзи онлайн» хабар берди.
- Саяхаттан гөзлеген тийкарғы мақсетим Өзбекстанның тыныш ҳәм парахат, қәўипсиз ел екенлигин, халқымыздың миймандослығы, кеңпейиллигин пүткил дүньяға көрсетиў, - дейди ол. – Жол-жөнекей Ўатанымыздың бийтәкирар көринислери, әййемги естеликлерди сүўретке түсирип атырман. Оларды да заманагөй байланыс қураллары арқалы пүткил дүньяға көрсетиў нийетиндемен. Наўайыдан Бухараға қарай жол алғанымда бир өмир ядымда қалатуғын көплеген көринислерге гүўа болдым. Мәселен, жолдың бойындағы сардоба өзиниң архитектуралық дүзилиси менен мени таң қалдырды. Оның жанындағы базарда болдым. Өзимди орта әсирлерге түсип қалғандай сездим. Мениң жағдайымды тек ғана жүзлеген километрлик жолды пияда басып өткен адам толық көз алдына келтире алыўы мүмкин.
Қай жерде болсам да, мени жерлеслеримиз жыллы жүзлилик пенен күтип алмақта. Жасыүлкенлер «Сапарың бийқәтер болсын!» деп пәтия берип атыр. Мени ҳәттеки ең шетки аўылларда жасайтуғынлар да танып қалған екен.
Соҳиб Ражабов Бухараға сапарын жуўмақлап, Газли қаласы тәрепке жол алады. Газлиден Нөкиске шекемги болған 450 километрлик жолды басып өтеди. Хонободтан Мойнаққа шекемги аралық улыўма 2,5 мың километрди қурап, саяхатшы 1 мың 400 километрлик аралықты басып өткен.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында