Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.09.2019 14:51
  • 1439

Жас шаңарақларды турақ жай менен тәмийинлеў бойынша қарар қабыл етилди

Жас шаңарақларды турақ жай менен тәмийинлеў бойынша қарар қабыл етилди
Министрлер Кабинетиниң «Елимиздиң жәмийетлик турмысында белсене қатнасып киятырған жас шаңарақларды турақ жай менен тәмийинлеўди жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.
Атап өтилиўинше, 2019-жылы елимиздиң жәмийетлик турмысында белсене қатнасып, айырықша үлги көрсетип атырған жас шаңарақлар ушын 1064 турақ жайдың қурылысы жуўмақланған және 2116 турақ жайда қурылыс даўам етпекте.
Белгиленип қойылыўынша, быйылғы жылы жас шаңарақлар ушын қурылып атырған 2116 турақ жай:
- турақ жай баҳасы дәслепки төлеминиң 65 процентине шекемги болған бөлеги Өзбекстан жаслар аўқамы қаржылары есабынан 7 жыллық мүддетке Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржыландырыў ставкасының 50 процентине тең болған процентли ставкада ссуда тәризинде ажыратылады;
- ипотека кредити бойынша биринши бес жыл жуўмақланғаннан кейинги толық мүддет ушын есапланылатуғын Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржыландырыў ставкасына тең муғдардағы процентлердиң 25 проценти Өзбекстан жаслар аўқамы қаржылары есабынан төленеди.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:
- жас шаңарақлар ушын қурылысы жуўмақланған 1064 турақ жай баҳасының дәслепки төлем қаржылары ушын талап етилип атырған 60 миллиард сум қаржы 2019-жылдың II шереги жуўмақлары бойынша бажыхана төлемлериниң прогнозлық көрсеткишлеринен артықша орынланған бөлими есабынан;
- 2116 турақ жай ушын жас шаңарақларға төленетуғын 72 миллиард сумлық қаржы Өзбекстан жаслар аўқамының тийкарланған есаплаўларына муўапық 2019-жылдың III шереги жуўмақлары бойынша республикалық бюджетиниң прогнозлық көрсеткишлеринен артықша орынланған бөлими есабынан ажыратылыўын тәмийинлейди.

2020-жылдан баслап қурылатуғын турақ жайлар ушын:
- дәслепки төлемлер және кредит бойынша биринши бес жылдан кейинги процентлик төлемлери жас шаңарақлардың өз қаржылары есабынан әмелге асырылады;
- кредиттен пайдаланыўдың биринши 5 жылы даўамында ҳәр жылы процентлик ставкасы қатаң белгиленген 7 проценттен қайта қаржыландырыў ставкасы дәрежесине шекем басқышпа-басқыш өсип баратуғын ставкада ҳәм кейинги дәўирде қайта қаржыландырыў ставкасында белгиленеди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған