
Аўқам баслығы Әлийшер Садуллаев 8-сентябрь күни «Өзбекстан 24» телеканалына берген интервьюинде шөлкемге ағзалық бийкар етилгенин жәриялады, деп хабар берди daryo.uz.
«Жаслар аўқамына ағзалық болмайды, жаслар менен ислесиўде олардың Өзбекстан перзенти екенлигиниң өзи олар менен ислесиўге жетерли тийкар болады», — деген Әлийшер Садуллаев.
Сондай-ақ, буннан былай Жаслар аўқамы баслығы орынбасары ҳәм аймақлық кеңеслер басқарыў лаўазымына талабанлар таңлаў арқалы қабыл етилиўин билдирген.
Сахибжамал Есемуратова


