Мадридтиң «Реал» клубының президенти Флоренино Перес «Барселона»ның бурынғы ҳүжимшиси, усы мәўсим басында «ПСЖ»ға өткен Неймарды умытпайды, - деп
хабар бермекте Mundo Deportivo.
Перес Каталония клубының экс-президенти Сандро Росельдиң 2013-жылы Бразилия сайланды командасының ҳәм «Сантос» клубының ҳүжимшисин сатып алыўға кесент еткенлигин елеге шекем умытқаны жоқ. Неймар «ПСЖ»ға 222 миллион евроға өтти. Дәректиң мағлыўматына қарағанда, Перес Неймардың әкеси менен ушырасып, футболшының «корольлик клуб»қа өтиўи ҳаққында сөйлескен. Шәртлесиўге муўапық, Неймар Рональдудиң шәртнамасы жуўмақланғаннан соң «Реал»ға келеди, яғный бул 2021-жылға туўра келеди. Ал «ПСЖ» болса Неймарды сатыў ҳаққында ойлап та атырғаны жоқ екенлигин билдирмекте. Париж клубының президенти Нассер Аль-Хелаифи өз хызметкерлерине бразилиялы футболшының «ПСЖ»да өзин еркин сезиниўи ушын барлық шараятларды жаратыўды тапсырған. Мағлыўмат ушын, Неймардың «ПСЖ» менен шәртнамасы 2022-жылдың жазына шекем дүзилген.
Ислам Матеков.