Усы жылдың 10-сентябрь күни Ташкент қаласында қылышпазлық бойынша Орайлық Азия ашық чемпионаты болып өтти.
Чемпионатқа Өзбекстан сайланды командасының қурамында қарақалпақстанлы Зайнаб Дайыбекова ҳәм Айсулыў Уснатдинова да қатнасты.
Барлық қарсыласларынан үстин келген жас спортшыларымыз ярым финалда бир-бири менен өз-ара қарсылас келип қалды. Бунда Зайнаб бираз үстинликке ийе болып, финал жолламасына ийе болды.
Ярым финалдың екинши қарама-қарсылығы Өзбекстан сайланды командасының қурамына жаңадан келип қосылған мексикалы Паола Плиего ҳәм россиялы Яна Обвинцева арасында болды. Онда россиялы спортшыға әўмет күлип бақты.
Солай етип, финалда Зайнаб Дайыбекова ҳәм Яна Обвинцева өз-ара күш сынасты. Финалда өзиниң жақсы таярлығы менен қарақалпақстанлы спортшы қарсыласынан үстин келди ҳәм 1-орынды жеңип алды.
Және бир жерлесимиз Айсулыў Уснатдинова ҳәм мексикалы Паола Плиеголарға бронза медалы несип етти.
Қарақалпақстанлы спортшыларды белгили тренерлер Дәўирбек Жийемуратов ҳәм Руслан Султановлар таярлады.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz