
Мәмлекетлик статистика комитети 2019-жыл сентябрь айында Өзбекстан тутыныў базарындағы орташа баҳалар дәрежесиниң ай даўамындағы өсиў тезлиги 1,3%ти қурағанлығын хабарлады.
Усы жылдың 9 айы даўамында тутыныў базарындағы товарлар ҳәм хызметлер баҳасы 9,7%ке қымбатлады. 2018-жыл сентябрь айына салыстырғанда республика тутыныў секторындағы орташа баҳалар дәрежеси 16%ке артқан.
Сахибжамал Есемуратова
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz