Франциялы изертлеўшилер ҳәм шыпакерлер топары балконнан түсип кетиўи ақыбетинде мойнынан төменги бөлими толық ләң болып қалған Тибо исмли жигитти саналы түрде экзоскелетти басқарыўға үйретти, деп жазады Meduza.
Костюмға кеселдиң мийине ҳәрекет сигналларын узататуғын датчиклер орнатылған. Францияның Clinatec биотехнология орайы ҳәм Grenobl университети емлеўханасы тәжирийбеге еки ләң менен кеселленген адамды таңлаған. Олардан бири техникалық машқалалар себепли бағдарламадан шетлетилген. Екиншисиниң мийиниң сенсомотор бөлимине еки датчик орнатылған. Мий сигналларды алыўда жетерлише анықлыққа ерисиў ушын Тибо еки жыл даўамында система арқалы пикирлеў шынығыўларын орынлаған. Ол 60-70% нәтийжелиликке ерисип, нәтийжеде, 28 жаслы Тибо 100 метрден артық аралыққа ҳәрекетлене алған.
Сахибжамал ЕсемуратоваСайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың:
https://t.me/karinformuz