Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.10.2019 12:28
  • 1128

Халыққа мәмлекет есабынан көрсетилетуғын медициналық жәрдем дизими ислеп шығылады

Халыққа мәмлекет есабынан көрсетилетуғын медициналық жәрдем дизими ислеп шығылады

2019-жыл 30-сентябрь күни Ҳүкимет қарары менен Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан қапланатуғын медициналық жәрдемниң кепилленген көлемлери дизимин қәлиплестириў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды. Бул ҳаққында Telegram’дағы huqiqiymalimleme каналы хабар берди.
Режеге муўапық, Дизим ҳәр жылы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен тийисли қаржы ҳәм режели дәўир ушын Мәмлекет бюджети параметрлери тастыйықланғаннан кейин 15 күннен кешикпестен ислеп шығылады.
Дизим медициналық жәрдемниң төмендеги түрлери бойынша қәлиплестириледи:
  • қыстаўлы тез жәрдем;

  • режели (соның менен бирге бирлемши медициналық-санитария) жәрдем;

  • қәнигелескен (соның менен бирге жоқары технологиялық) медициналық жәрдем;

  • паллиатив медициналық жәрдем.

Дизимге медициналық хызметлердиң анық түрлери, соның менен бирге дәри-дармақлар, жумсалатуғын материаллары ҳәм медицина буйымлары менен тәмийинлеў киргизиледи.
Дизим медициналық хызметлер түрлери ҳәм көлемлери белгилеп алынған ҳалда, медициналық шөлкемлер дәрежеси бойынша қәлиплестириледи.
Өзбекстан Республикасы пуқаралары, республикада жасайтуғын сырт ел пуқаралары медициналық көрсетпелер болғанда тийкарландырылған мүрәжатлар менен Дизимге киргизилген медициналық жәрдемди алыў ҳуқықына ийе болады.

Сахибжамал Есемуратова

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет