Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.10.2019 09:42
  • 1114

Өзбекстанда электрон ҒХҚ цензурасына жол қойылмаўы нызам менен белгилениўи күтилмекте

Өзбекстанда электрон ҒХҚ цензурасына жол қойылмаўы нызам менен белгилениўи күтилмекте

Норматив-ҳуқуқый ҳүжжетлер жойбарларын додалаўшы порталда «Телеузатыўлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республика Нызамының жойбары жәрияланды.
Оған муўапық, узатыўшы шөлкемлерди сырт елли пуқаралар ямаса пуқаралығы болмаған шахслар, искерлиги қадаған етилген мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, сиясий партиялар, кәсиплик бирлеспелери ҳәм диний шөлкемлер тәрепинен шөлкемлестирилиўине жол қойылмайды.
Нызамның 25-статьясына муўапық, Өзбекстанда электрон ғалаба хабар қураллары цензурасына жол қойылмайды. Ҳешким узатыўшы тәрепинен тарқатылып атырған хабарлар ямаса материаллардың мазмунын алдыннан тастыйықлатыў, текстин өзгертиў ямаса эфирден толық алып таслаўды талап ете алмайды. Басым өткериў ямаса искерлигине араласыў жағдайлары анықланса, айыплы тәреп телерадиоузатыўшыға жеткерген руўхый ҳәм материаллар зыянды сондай-ақ, араласыў ақыбетлеринен келип шығыўы мүмкин болған зыянды қаплаўы шәрт.
Компенсация муғдары базалық есаплаў муғдарының 100 есесинен кем болыўы мүмкин емес.

Сахибжамал Есемуратова

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған