Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.10.2019 08:57
  • 1225

Умра-2019 ушын жаңа баҳалар белгиленди

Умра-2019 ушын жаңа баҳалар белгиленди

«2019-жыл Умра мәўсими ушын сарпланатуғын қәрежетлер сметасының жойбары ислеп шығылды ҳәм ҳәр бир зыяратшыдан алынатуғын 11 600 000 сўм 11 450 000 сўм етип белгиленди, – деп айтып өтти Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитет баслығы орынбасары Музаффар Комилов 8-октябрь күни Өзбекстан жаслар аўқамы орайлық кеңесиниң «Жаслар пресс-клубы»ндағы Умра-2019 мәўсими бойынша өткерилген брифингде.
«Усы жылдың сентябрь айынан баслап Саудия Арабстаны Патшалығы Ҳаж ҳәм Умра ислери министрлиги тәрепинен ҳәр бир зыяратшы ушын қосымша 132 АҚШ доллары муғдарында қәрежетти енгизбекте. Жоқарыдағы қәрежетлер сметасына бул қәрежет киргизилмеген. Бул кейинги шәртнамаларда белгилениўи режелестирилген. Усы жылдың сентябрь айынан баслап Саудия Арабстаны Патшалығында туризм, Ҳаж ҳәм Умра зияратлары тәртибине қосымша өзгерислер киргизиў ҳаққында жаңа нызам енгизилди. Оған муўапық, Патшалыққа кириў ушын туризм, Ҳаж ҳәм транзит визалары ушын жаңа баҳалар ҳәм мүддетлер белгиленди. Умра, туризм, бизнес, жақын әғайинлер ямаса досларды зыярат етиў мәселелеринде 30 күн ушын 80 АҚШ доллары муғдарындағы сумма белгиленди», - деп қосымша етти М.Комилов.

Сахибжамал Есемуратова

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған