Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.10.2019 07:38
  • 958

Бухарада Италия университети менен биргеликте «Ашық математика олимпиадасы» шөлкемлестирилмекте

Бухарада Италия университети менен биргеликте «Ашық математика олимпиадасы» шөлкемлестирилмекте

Усы жылдың 13-октябрь күни Бухара ўәлаяты Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Бухара мәмлекетлик университети ҳәм Италияның Пиза университети менен биргеликте ашық математика олимпиадасы өткериледи, деп жазады Халық билимлендириў министрлиги баспасөз хызмети.
Олимпиадада улыўма билим бериў мектеплериниң 7-11-класс, академиялық лицейлердиң 1-2-басқыш, кәсип-өнер колледжлериниң 3-басқыш оқыўшылары қатнасыўы мүмкин. Онда 5 мәселе бериледи ҳәм ҳәр бир мәселе 7 баллық системада баҳаланады. Қатнасыўшыларға мәселелерди шешиў ушын 4 саат бериледи.
Қатнасыўшылар арасынан «Өзине сәйкес шешим», «Ең жақсы идея» сыяқлы номинациялар бойынша жеңимпазларды анықлаў режелестирилген. Олимпиадада қатнасыўды қәлеўшилер төмендеги телефон номерлери арқалы дизимнен өтиўи мүмкин: +998974559676.
Дизимге алыў 2019-жылдың 12-октябрь саат 19:00 ге шекем даўам етеди.

Сахибжамал Есемуратова

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған