Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.10.2019 12:19
  • 1381

Қоңыратта «Бес баслама-бес имканият» атамасында жаслар фестивалы болып өтти

Қоңыратта «Бес баслама-бес имканият» атамасында жаслар фестивалы болып өтти

Қоңырат районында «Бес баслама-бес имканият» атамасындағы байрам фестивалы болып өтти. Жаслар фестивалы мийманларды күтип алыў менен басланды. Дәслеп спорттың жуўырыў түри бойынша ер балалар ҳәм қызлар қатнасында «Жаслар марафоны» шөлкемлестирилди. Финиш сызығына бириншилерден болып келген қатнасыўшыларға диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды. Соң райондағы жаслардың социаллық белсендилигин арттырыў, жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды ўатан сүйиўшилик руўҳында тарбиялаў мақсетинде «Жаслар мүрәжати» илажы шөлкемлестирилди. Илажға район ҳәкими орынбасары Ж.Сейтмуратов қатнасты ҳәм жаслар мүрәжәтлерин бирме-бир тыңлап, пикирлер алмасты. Фестивал шеңберинде Жас қәлемкешлердиң қатнасыўында «Қоңырат мениң нәзеримде» атамасында сүўретлер таңлаўы өткерилди. Соң «Бәркамал аўлад» балалар орайында «Китаплар кәрўаны» көргизбе ярмаркасы, «Ҳәким ҳәм жаслар» ушрасыўлары өткерилди.

Қоңыратта «Бес баслама-бес имканият» атамасында жаслар фестивалы болып өтти

Қоңыратта «Бес баслама-бес имканият» атамасында жаслар фестивалы болып өтти

Қоңыратта «Бес баслама-бес имканият» атамасында жаслар фестивалы болып өтти

10-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде «Сиз сүйген қаҳарман» 31-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Мини футбол», 36-санлы улуўма орта билим бериў мектебинде «Исбилерменлик сырлары», «Кибер спорт», сондай-ақ, орынларда «Ахборот технологиялары ҳәм интернеттен ақылға муўапық пайдаланыў», «Мен жумысқа жайластым» илажлары өткерилди. Фестиваль жуўмағында илажға белсенди қатнасқан жаслар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Сахибжамал Есемуратова

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында