
15-Октябрь «Халық аралық аўыл ҳаяллары» күни мүнәсибети менен Қоңырат районында үлкен байрам илажы болып өтти. Илажда район ҳәкими орынбасары, Ҳаял-қызлар комитети баслығы Ж.Аметова, Аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша ҳәким орынбасары Р.Шербаевлар шығып сөйлеп, ҳаял-қызларды байрам менен қызғын қутлықлады. Райондағы барлық аўыл ҳаялларына дәстурхан жайылды.

2019-жыл пахта жыйын-терими мәўсиминде белсенди қатнасып, ел хызметине өз үлесин қосқан ҳаял-қызларға район ҳәкимлиги тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды. Байрам илажы даўамында районлық мәденият бөлими тәрепинен концерт бағдарламалары инәм етилди.

Сахибжамал Есемуратова
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


