Telegram karinform

Жәмийет

  • 19.10.2019 19:01
  • 1186

Мойнақта «Физика ҳәм экология» атамасындағы илимий-теориялық ҳәм әмелий конференция болып өтти

Мойнақта «Физика ҳәм экология» атамасындағы илимий-теориялық ҳәм әмелий конференция болып өтти

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты тәрепинен шөлкемлестирилген «Физика ҳәм экология» атамасындағы илимий-теориялық ҳәм әмелий конференцияның 2-күни 18-октябрьде экологиялық апатшылық аймағының орайы Мойнақ районында өткерилди, деп хабар берди институттың технологиялық тәлим жөнелиси бойынша магистранты Жақсылық Жумабаев. Район орайындағы 2-санлы мектептиң мәжилислер залында болып өткен конференцияның пленар мәжилисин профессор А.Жумамуратов кирис сөз бенен ашып берди.

Мойнақта «Физика ҳәм экология» атамасындағы илимий-теориялық ҳәм әмелий конференция болып өтти

Профессор М.Ибрагимов «Арал теңизиниң қурыған аймақларында жасыл тоғайзарлықты жаратыўдың әҳмийети» атамасындағы баянатында Арал теңизиниң қурыўы менен пайда болған экологиялық машқалалар ҳәм оның шешимин табыўда Арал теңизиниң қурыған аймақларында жасыл тоғайзарлықты жаратыўдың әҳмийети ҳаққында түсиник берди.
– Усы күнге шекем республикалық илимий-теориялық ҳәм әмелий конференция районда өткерилмеген еди. Бул әнжуман тарийхый әнжуман болды. Онда оқылған баянатлардың барлығында экологиялық апатшылықты сапластырыўда әҳмийетли мәселелер көтерилди. Район халқы атынан конференция шөлкемлестириўшилерине өз миннетдаршылығымды билдиремен, – деди әнжуман болып өткен мектеп директоры М.Хожаметов.
Конференцияға қатнасқан студент жаслар, магистрантлар, профессор-оқытыўшылар ҳәм Мойнақ районының физика менен экология мәселесине қызығыўшы оқытыўшылары менен оқыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларына тийисли жуўаплар алды.

Мойнақта «Физика ҳәм экология» атамасындағы илимий-теориялық ҳәм әмелий конференция болып өтти

Соң конференция делегатлары Арал теңизи тарийхы музейине ҳәм Мойнақ районындағы итибарлы орынларға саяхат етти. Конференция қаралған мәселелердиң актуаллығы, жасалған баянатлардың мазмунлылығы менен әнжуман қатнасыўшыларында үлкен тәсир қалдырды.

Мойнақта «Физика ҳәм экология» атамасындағы илимий-теориялық ҳәм әмелий конференция болып өтти

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында