Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.10.2019 07:54
  • 1134

Нызамға қайшы келетуғын комментарийлерди өшириў ушын интернет журналистлерине 24 саат ўақыт бериледи

Нызамға қайшы келетуғын комментарийлерди өшириў ушын интернет журналистлерине 24 саат ўақыт бериледи

«Мәлимлемелестириў ҳаққында»ғы Нызамның 12-1-статьясына муўапық, веб-сайттың ийеси, блогерлер өзлериниң веб-ресурсларынан жынайый ямаса басқа жуўапкершиликке себеп болатуғын ҳәрекетлерди әмелге асырыў мақсетинде пайдаланыўына жол қоймаў, бундай жағдайлар жүз бергенде нызамға қайшы келетуғын информацияларды дәрҳал өшириўи шәрт екенлиги белгиленген, деп жазады Daryo.uz.
Информация ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги тәрепинен информация майданында шахс ҳәм жәмийет мәплерин қорғаў, интернет ҒХҚ ўәкиллери ҳәм блогерлер веб-сайтларына нызамға қайшы келетуғын комментарийлер жазылғанда, оларды анықлаў ҳәм өширип таслаўды системасы түрде шөлкемлестириў бойынша тийисли норматив-ҳуқуқый ҳүжжет жойбары ислеп шығылды.
Бундай жағдай анықланғанда, Информация ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги тәрепинен хабар жибериледи.
«Веб-сайт ямаса messenjer бетлериниң ийеси, блогер хабарнама алынған ўакыттан баслап 24 сааттан кешиктирместен Өзбекстан нызамшылығына қайшы келетуғын информацияны өширип таслаўы ҳәм бул ҳаққында Информация ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигине хабар бериўи керек», – дейди агентликтиң баспасөз хаткери Ҳикматулла Убайдуллаев.

Сахибжамал Есемуратова

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған