
Коммерциялық банклерде физикалық шахслар менен валюта алмастырыў операцияларын әмелге асырыў тәртиби ҳаққындағы нызамға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди, деп жазады Әдиллик министрлиги telegram каналы. Өзгерислерге муўапық, буннан былай валюта алмастырыў шақапшасы тәрепинен резидент физикалық шахсларға эквиваленти 100 АҚШ жоллары ҳәм оған шекемги нақ шет ел валютасын сатыўда олардан паспорт талап етилмейди.
Сахибжамал Есемуратова
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


