Усы жылдың 14-18-октябрь күнлери Қазақстанның Алмата қаласында Өзбекстан- Қазақстан Қоспа демаркация комиссиясында Өзбекстан Республикасы ҳәм Қазақстан Республикасы Ҳүкиметлери делегацияларының нәўбеттеги жыйналысы болып өтти.
Ушырасыўда Өзбекстан Республикасының Қарақалпақстан ҳәм Қазақстан Республикасының Манғыстаў ўәлаяты ортасындағы участкаларда Мәмлекетлик шегара демаркациясы бойынша жуўмақлаўшы ҳүжжетлер жойбарлары таярланды. Илажда 160 шегара үстинлеринен ибарат шегара белгилери Протоколы ҳәм усы белгилердиң координатлары ҳәм жайласыў кеңлиги Каталогы жойбарлары таярланып, қол қойылды.
2019-жылдың ноябрь айында Өзбекстан-Қазақстан мәмлекетлик шегарасының айырым участкаларында дала демаркация жумысларын әмелге асырыў бойынша келисип алынды.
Сахибжамал ЕсемуратоваСайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz