Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.10.2019 22:23
  • 2028

Жумыс орнында қысқартыў болса, жумыста қалыў ушын биринши нәўбетте кимлерге имканият бериледи?

Жумыс орнында қысқартыў болса, жумыста қалыў ушын биринши нәўбетте кимлерге имканият бериледи?

Мийнет кодексиниң 103-статьясына муўапық, технологиядағы, өндирислик ҳәм мийнетти шөлкемлестириўдеги өзгерислер, хызметкерлер саны (штаты) яки жумыс дәрежеси өзгериўге алып келген жумыслар көлеминиң қысқарыўы мүнәсибети менен мийнет шәртнамасы бийкар етилгенде, жумыста қалдырыў ушын жеңиллик маманлығы ҳәм мийнет өнимдарлығы жоқарылаў болған хызметкерлерге бериледи.
Маманлығы ҳәм мийнет өнимдарлығы бирдей болған жағдайда төмендегилерге жеңиллик бериледи:
1. Қараўында еки яки оннан артық адам болған хызметкерлер;
2. Шаңарағында сол хызметкерден басқа ғәрезсиз ис ҳақы алыўшы болмаған шахслар;
3. Усы кәрханада көп жыллық ис стажына ийе болған хызметкерлер;
4. Өндиристен ажыралмаған ҳалда жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер оқыўларында тийисли қәнигелик бойынша маманлығын арттырып атырған хызметкерлер ҳәм өндиристен ажыралған ҳалда жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер оқыўларын питкерген шахсларға оқыўды питкергеннен кейин қәнигелиги бойынша ислеп атырған жағдайда 2 жыл даўамында;
5. Усы кәрханада мийнетте майып болған яки кәсип кеселлигин арттырған шахслар;
6. Урыс майыплары, урыс қатнасыўшылары ҳәм оларға теңлестирилген шахслар;
7. Атом объектлериндеги апатшылықлар ақыбетинде келип шыққан арттырылған радиация нурланыў менен байланыслы кеселлиги ҳәм басқа кеселликке шалынған яки сондай кеселликлерди басынан өткерген шахслар, майыплығы атом объектлериндеги апатшылықлар мүнәсибети менен басланғанлығы анықланған майыплар, сондай апатшылықлар ҳәм ҳәдийселер ақыбетлерин сапластырыў ислери қатнасыўшылары, сондай-ақ усы зоналардан эвакуация қылынған яки көширилген шахслар ҳәм де оларға теңлестирилген басқа да шахслар. Бул ҳаққында Юридикалық мағлыўмат telegram каналы жазды.
Жәмийетлик шәртнамасында хызметкерлерди жумыста қалдырыўда жеңилликлер берилетуғын басқа жағдайларда нәзерде тутылыўы мүмкин.
Жоқарыдағы тәртип, кәрхана улыўма жаўылып қалған жағдайларға тийисли емес, кәрхана ислеп турып хызметкерлер саны (штаты) қысқарған жағдайларға тийисли.

Сахибжамал Есемуратова

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған