
Президент Шавкат Мирзиёев жаңа редакциядағы «Валютаны тәртипке салыў ҳаққында»ғы Нызамға қол қойды.
Оған муўапық, буннан былай физикалық шахслар тәрепинен 100 миллион сўм эквивалентинен артық болмаған суммадағы нақ өзбек сўмы ямаса сырт ел валютасын Өзбекстаннан сыртқа алып шығыўға руқсат берилди. Бүгинги курс пенен есаплағанда 100 миллион сўм 10 мың 584 доллар болады. Буннан алдын елимизден тек 5 мың АҚШ доллары муғдарындағы нақ валютаны декларацияда көрсеткен ҳалда алып шығыў мүмкин еди.
Сахибжамал Есемуратова
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz