Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.10.2019 00:14
  • 1457

Нөкисте «Арал бойы – экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы» атамасындағы халық аралық конференция болып өтеди

Нөкисте «Арал бойы – экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы» атамасындағы халық аралық конференция болып өтеди

Усы жылдың 24-25-октябрь күнлери Нөкис қаласында БМШ басшылығында «Арал бойы – экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы» деп аталған халық аралық конференция болып өтеди. Әнжуманның ашылыў салтанатында БМШ Бас хаткери А.Гутерриштиң видеомүрәжатының қойып берилиўи менен басланыўы ҳәм 4 тематикадағы сессия, сондай-ақ, Арал теңизиниң қурыған ултанына саяхат режелестирилген.
Илажда 230 дан аслам, солардан 200 дан аслам сырт елли мийманлардың қатнасыўы күтилмекте. Олардың арасында БМШ Баш хаткериниң Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили Наталья Герман, Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили Питер Буриан, БМШ Бас хаткериниң жәрдемшиси, БМШ Раўажланыў бағдарламасы администраторының арнаўлы мәсләҳәтшиси Абдулайе Дьейеу, БМШның турақлы координаторы Хелена Фрейзерлер де бар.
Конференцияда Президенттиң басламасы тийкарында Арал бойында экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағын шөлкемлестириў концепциясының жойбары додаланады. Сондай-ақ, Арал бойы аймағын «Экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы» деп жәриялаў ҳаққындағы БМШ Бас ассамблеясының арнаўлы резолюциясын қабыл етиў, Орайлық Азияда суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша аймақлық бағдарлама презентациясы өткериледи.

Сахибжамал Есемуратова

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында