
Қоңырат районы ҳәкимлигинде район ҳәкими Б.Сапаровтың Қытай Халық Республикасының «Shandong Zhongtian Technology&Engineering Co., LTD» компаниясы басқарыўшысы мырза Yang Decheng пенен ушырасыўы болып өтти. Ушырасыў барысында район аймағында жайласқан Коңырат сода заводы ЖШЖ менен биргеликте қоспа кәрхана ашып кальций гипохлориди ҳәм каустика содасы өнимлерин ислеп шығарыўды жолға қойыў бойынша сөйлесиўлер жүргизилди. Жойбар бизнес режесинде көрсетилген өнимлерди ислеп шығарыў жолға койылыўы менен импорт орнын басатуғынлығы ҳәм экспортқа шығарыў нәзерде тутылған.

Ушырасыўға район ҳәкиминиң инвестициялар, инновациялар, меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў, еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналары ҳәм де туризмди раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары Б.Турсынбеков ҳәм Коңырат сода заводы ЖШЖ баслығы А.Рамбергенов қатнасты.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


