
Қарақалпақстан Республикасында усы жылдың 20-октябрь сәнесинен баслап 2019-2020-жыллар ушын жылытыў мәўсими басланды, деп хабар берди Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети.
Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң арнаўлы бийлиги қабыл еттилди. Бийлик пенен тийисли тараў басшыларына 2019-2020-жыллар жылытыў мәўсиминде тутыныўшыларды белгиленген тәртипте электр ҳәм ыссылық энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик суўы, суйық ҳәм қатты жанылғы менен турақлы түрде тәмийинлеў ўазыйпалары жүкленди.
Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, өткен жылы бул мәўсим 15-октябрден басланған еди.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


