Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.10.2019 16:54
  • 947

Жәмийетлик орынларда балаларды ана сүти менен азықландырыў ушын шәраят жаратылады

Жәмийетлик орынларда балаларды ана сүти менен азықландырыў ушын шәраят жаратылады

2019-жыл 23-октябрь күни Президент ана сүти менен азықландырыўды қоллап-қуўатлаў ҳәмде гөдеклер ҳәм киши жастағы балалар азық-аўқат өнимлерине байланыслы талаплар ҳаққындағы Нызамға қол қойды, деп жазады Huqiqiy malimleme telegram каналы.
Оған муўапық, ана сүти менен аўқатландырыўды үгит-нәсиятлаў ден саўлықты сақлаў органлары ҳәмде басқа шөлкемлер тәрепинен халық ортасында турақлы түрде мәлимлеме-түсиндириў илажларын өткериў арқалы әмелге асырылады.
Сондай-ақ, балаларды ана сүти менен азықландырыў ушын шәраят жаратыў мақсетинде мәмлекетлик мәкемелеринде, шөлкемлеринде, автовокзаллар, аэропортлар, темир жол вокзаллары, мәдений-кеўилашар мәкемелерде арнаўлы орынлар ажыратылады. Нызамға муўапық, балалар ушын ана сүтиниң орнын басыўшы өнимлерди реклама етиўге жол қойылмайды.
Ана сүтиниң орнын басыўшы өним ҳаққындағы ҳәр қандай мәлимлеме ана сүтиниң пайдасы ҳәм артықмашлығы ҳаққында көрсетпени өз ишине алған болыўы керек.
Соның менен бирге, Нызамға муўапық гөдеклер ҳәм киши жастағы балалар ушын ислеп шығарылатуғын ҳәм алып кирилетуғын, Өзбекстан аймағында сатылатуғын азық-аўқат өнимлери сертификатластырылыўы ҳәмде сапа ҳәм қәўипсизлик талапларына муўапық болыўы керек.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған