
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Жийенбай Избасқановтың 70 жасқа толыўы мүнәсибети менен усы жылдың 26-октябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Лирика шебери» атамасындағы әдебий кеше болып өтти, деп жазады университеттиң баспасөз хызмети.
Кешени университет ректоры А.Реймов басқарып барды. Онда Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов, профессорлар Қ.Жәримбетов, Қ.Оразымбетовлар, филология илимлериниң кандидаты, шайыр Б.Генжемуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, шайыр дөретиўшилиги, оның қарақалпақ әдебиятында тутқан орны ҳаққында баҳалы пикирлер билдирип өтти.


Ж.Избасқановтың бүгинги күнге шекем «Тулпар ҳаққында» (1975-жыл), «Жаз өткенде» (1979-жыл), «Лирика дәптеринен» (1982-жыл), «Таңламалы шығармалары» (1993-жыл), «Ақ қуслар» (2014-жыл) ҳәм басқа да поэзиялық китаплары жарыққа шықты. Оның дөретиўшилик мийнетлери мүнәсип баҳаланып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң «Ҳүрмет жарлығы», 2000-жылы шайырдың «Сайланды шығармалары»ның 1-томы ушын Қарақалпақстан Республикасы Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлығы менен, 2005-жылы «Қарақалпақстан халық шайыры», ал, 2012-жылы «Өзбекстан халық шайыры» деген ҳүрметли атақлары берилди.
Әдебий кеше университеттиң «Ҳүрлиман» халық ансамбли тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


