2019-жыл 25-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Аўыл хожалығында суўды үнемлеўши технологияларды енгизиўди хошаметлеў механизмлерин кеңейтиў ис-илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди, деп жазады Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң telegram каналы.
Оған муўапық, 2020-жыл 1-январдан:
- суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў бойынша қәрежетлердиң бир бөлегин, сондай-ақ, оларды сатып алыў ҳәм қурыўға ажыратылатуғын банк кредитлери бойынша процент қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў ушын субсидиялар усынылады;
- бюджет қаржыларын алыўшылар менен дүзилетуғын импорт шәрнамаларын мәжбүрий экспертизадан өткериў ҳәм дизимге алыў талабы суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў бойынша дүзилетуғын импорт шәртнамаларынан басқа;
- өнимдарлығы пәс болған жерлерде мәмлекет талабы ушын пахта шийки өнимин жетистириўши аўыл хожалығы кәрханаларын Мәмлекет бюджети есабынан финанслық қоллап-қуўатлаў тәртиби бийкар етиледи.
Қарарға муўапық, сондай-ақ, 2022-жыл 1-январдан:
- пахта шийки өнимин ҳәм масақлы дән жетистириў ушын насос агрегатлары ҳәм суўғарыў қудықлары пайдаланған электр энергиясы баҳасын Мәмлекет бюджетинен субсидиялар есабына қаплаў тәртиби тек суўды үнемлеўши технологияларды енгизген ислеп шығарыўшыларға бериледи;
- аўыл хожалығы ислеп шығарыўшылары тәрепинен суў хожалығы шөлкемлериниң суўғарыў қудықлары ҳәм вертикал дренаж қудықларынан егинлерди суўғарыўға суў үнемлеўши технологияларды қоллаў шәрти менен рухсат етиледи.
Соның менен бирге қарарға муўапық, 2020-2030-жылларда суў хожалығын раўажландырыў концепциясы ислеп шығылады.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz