Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.10.2019 12:17
  • 811

Валюта түсими мүддетлерин кешиктирген экспортёрларға жәрийма бойынша жеңилликлер белгиленди

Валюта түсими мүддетлерин кешиктирген экспортёрларға жәрийма бойынша жеңилликлер белгиленди

2019-жыл 24-октябрь күнги Президенттиң 5856-санлы Пәрманына айырым өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди, деп жазады Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң telegram каналы.
Киргизилген өзгерислерге муўапық, сырт еллерден сырт ел валютадағы түсимниң келип түсиўи мүддетлерин кешиктириўге жол қойған экспортёрлар, сондай-ақ, товарлардың республикаға алып кирилиўин ҳәм олардың «еркин айланысқа шығарыў» режиминде рәсмийлестирилиўин, жумыслар ҳәм хызметлер көрсетиўин белгиленген мүддетлерде тәмийинленбеген импортёрлер тәрепинен жәриймалар төлеўде айырым жеңилликлер белгиленди.
  • Атап айтқанда, валюта қаржыларының келип түсиўи ямаса республикаға товарларды алып кириў ҳәмде «еркин айланысқа шығарыў» режиминде рәсмийлестириў, жумысларды орынлаў ҳәм хызметлер көрсетиў:

  • егер жәрийманы қоллаў мәселесин көрип шығыў ўақтына келип тәмийинленген болса – жәрийма қолланылмайды;

  • егер судтың жәрийманы қоллаў ҳаққындағы қарарды орынлаў ўақтына келип тәмийинленген болса, қолланылған жәрийма төленбейди;

  • егер жәрийма қолланылғаннан кейин 90 күнлик мүддет ишинде тәмийинленген болса, төленген жәрийма Мәмлекет бюджетинен қайтарылып берилиўи лазым.


Қарардың толық варианты менен төмендеги силтеме арқалы танысыўыңызға болады:
http://lex.uz/docs/196027#202564

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет