Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.11.2019 16:50
  • 1061

НМПИде адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша үгит-нәсият ушырасыўы өткерилди

НМПИде адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша үгит-нәсият ушырасыўы өткерилди

Өзбекстан Республикасында «Адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында» Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы қабыл етилген болып, бул пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде бир қанша жумыслар алып барылмақта. Соның менен бирге жасларда ҳуқықый сананы беккемлеў бағдарында бир қанша жумыслар исленбекте.
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Республика «Истиқболли авлод» социаллық-информациялық орайының Қарақалпақстан бөлими волонтёры Исламбек Шарипов студент жаслар менен ҳуқықый үгит-нәсият ушырасыўын өткерди, деп жазады makan.uz. Онда «Адам саўдасын тоқтатамыз», «Адам саўдасы жынаятының қурбаны болыўдан сақ болың» атамасында түсиник жумыслары алып барылды. Адам саўдасының жүзеге келиўине көбинесе социаллық, экономикалық машқалалар себепши болып атырғаны менен, буған алып келип атырған және бир баслы себеп – бийпәрўалық ямаса итибарсызлық болып есапланады. Илаж даўамында усылар ҳаққында да айтылды.

НМПИде адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша үгит-нәсият ушырасыўы өткерилди

Буннан тысқары, шет елде адам саўдасы қурбанына айланған жағдайда «Истиқболли авлод» социаллық-информациялық орайының Қарақалпақстан бөлиминиң +998956059494 исеним телефон номерине қоңыраў етип жәрдем алыўы мүмкинлиги айтып өтилди.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...