Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.11.2017 22:26
  • 2193

Karinform.uz сайты Ташкенттеги актуал мәселелер бойынша семинар-тренингге қатнасты

Karinform.uz сайты Ташкенттеги актуал мәселелер бойынша семинар-тренингге қатнасты

Усы жылдың 10-11-ноябрь күнлери аралығында «Истиқболли авлод» социаллық-информациялық орайының шөлкемлестириўи менен Ташкент қаласында «Адам саўдасына қарсы гүресиўди заманагөй журналистикада сәўлелендириў (блоглар, веб-сайтлар, социаллық тармақлар)» атамасындағы семинар-тренинг болып өтти. Семинарға 5 ўәлаяттан – Хорезм, Әндижан, Наманган, Сурхандәрья ҳәм Қарақалпақстан Республикасынан, сондай-ақ, Ташкент қаласынан жәми 24 журналист қатнасты. Булардың қатарында Karinform.uz сайты редакторы Сахибжамал Есемуратова да қатнасты.

Karinform.uz сайты Ташкенттеги актуал мәселелер бойынша семинар-тренингге қатнасты

Karinform.uz сайты Ташкенттеги актуал мәселелер бойынша семинар-тренингге қатнасты

Семинар-тренингде бүгинги күндеги ең актуал машқалалардың бири есапланған адам саўдасы ҳәм оны заманагөй ғалаба хабар қуралларда сәўлелендириў, тийкарынан қандай инсанлар адам саўдасының қурбанына айланып атырғанлығы, елимизге қайтып келгеннен соң олардың жәмийетке қосылыўына қандай жәрдем бериў мүмкинлиги бойынша пикир алмасыўлар болды. Сондай-ақ, бундай ўақыяларды журналистлик фактлер менен қалай толықтырыў мүмкинлиги бойынша сөз етилди. Семинар-тренингде Қырғызстан Республикасынан келген тренер Алтынай Мәмбетова Қырғызстандағы тәжирийбелер менен бөлисти. Буннан тысқары, журналистлерди қайта таярлаў орайының тренери Наргис Косимова, жәмийетшилик пенен байланыслар проектиниң қәнигеси Камиль Якубовлар өзлериниң презентациялары менен қатнасты.

Karinform.uz сайты Ташкенттеги актуал мәселелер бойынша семинар-тренингге қатнасты
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы