Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.11.2017 17:49
  • 2461

Дүньядағы ең өзгеше китапханалар

Белгили алым Бауст «Надан менен дос болғанша, китап пенен дос бол» ямаса жазыўшы Виктор Гюгоның «Китап – асып-таспайтуғын достымыз» деп айтып өткениндей, бизге ең жақын сырлас ҳәм дос, керек ўақытта кеңесгөйимиз – китаплар болып табылады. Дүньяға беглили жазыўшы Лев Толстой да китаптың инсан өмириндеги әҳмийети ҳаққында айта келип: «Жақсы китап – ақыллы адам менен сәўбетлесиўге мегзейди», - деген еди.
Китаптан асқан ҳешқандай даналық жоқ. Ал китаплардың ўатаны болса – китапхана. Китапхана – ағартыўшылық орны, инсанның руўхый дем алатуғын, тәрбия алатуғын муқаддес орны есапланады. Китапхана – дүньядағы ең ақыллы адамлардың жыйналатуғын орны есапланады. Дүньяда әдеттегиден өзгеше архитектуралық үлгиде салынған китапханалар ҳаққында еситтиңиз бе?

Канзас-Сити, АҚШ

Дүньядағы ең өзгеше китапханалар

2004-жылы Канзас-Ситидеги Жәмийетлик китапхана босап жатырған Биринши миллий банк имаратына көширилди. Еки жылдан соң усы имарат жанында автомашиналар туратуғын орын қурылды. Бул болса китапхана жумысларына кесент етти. Буның шешими сыпатында архитекторлар китап үлгисиндеги үлкен дийўал қурып, автомашиналар туратуғын орынды китапханаға көринбейтуғын етти. Дийўалдағы ҳәр бир китаптың бийиклиги – 8 метр, ени – 2 метрди қурайды. Китапларға дүньяға белгили классиклердиң атлары жазылған. Ал китапхананың ишки қурылысы бурынғы банктиң үлгиси менен қалды.

Pargue Espana, Колумбия

Дүньядағы ең өзгеше китапханалар

Колумбияның Меделин қаласы өткен жүз жыллықтың ең патас ҳәм нәшебентлик затлар жетистиретуғын топарлар қаласы сыпатында есте қалған еди. Жергиликли ҳәкимият бул түсиникти сапластырыў ушын қалада мәдений қурылыс баслаўды режелестирди. 2007-жылы Джанкарло Маззантидиң жойбары тийкарында Меделин қаласында Pargue Espana китапханасы бой тикледи. Китапхананың өзгешелиги оның қурылысында. Жартас формасында қурылған имарат ишине адамлар китап оқыўға келеди.

Луи Нюсера, Франция

Дүньядағы ең өзгеше китапханалар

Дүньядағы қурылысы жағынан ең өзгеше китапхана Францияда жайласқан. Ивом Байяром ҳәм Франсисом Шапюлердиң жойбары тийкарында қурылған бул китапхана 2002-жылы қурылған. Китапхананың өзгешелиги адамның жарты басы ҳәм бас мийи формасында қурылған.

Сандро Пенн атындағы китапхана, Италия



«Жерге басқа планеталылар келипти!» деген гәпти Италияның Перудже қаласына барсаңыз ғана айта аласыз. Себеби, бул жердеги Сандро Пенн атындағы китапхана басқа планеталылардың ҳаўа кемеси формасында қурылған.
Social

Усыныс етемиз

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Уқсас жаңалықлар

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

Пүткил Интернеттиң аўырлығы 64 мың дана қулпынайға тең

Пүткил Интернеттиң аўырлығы 64 мың дана қулпынайға тең

    Интернеттиң шамаланған салмағы есаплап шығылды. Итибар бериң, пүткил дүньяны жаўлап алған Интернет тек ғана 5,32