
No Smoking Day байрамы ҳәр жылы ноябрь айының үшинши пийшембисинде белгиленеди. Байрамға 1977-жылы Америка онкология жәмийети тәрепинен тийкар салынған.
Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматларына қарағанда:
- өкпе ракы себепли дүньядан өтиўшилердиң 90%и, бронхит себепли дүньядан өтиўшилердиң 75% ҳәм жүрек кеселиклери себепли дүньядан өтиўшилердиң 25% шегиў нәтийжесинде жүзеге келеди;
- планетамызда ҳәр 10 секундта бир шегиўши адам дүньядан өтеди. 2020-жылы бул көрсеткиш ҳәр 3 секундта бир адамға жетиўи мүмкин.
Сахибжамал Есемуратова
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


