Telegram karinform

Жәмийет

  • 26.11.2019 15:10
  • 964

Коңыратта «Жас келин-күйеўлер инновациялық мектеби» өз жумысын баслады

Коңыратта «Жас келин-күйеўлер инновациялық мектеби» өз жумысын баслады

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы «Оила» илимий-әмелий изертлеў орайы, Өзбекстан Республикасы ҳаял-қызлар комитети ҳәм Өзбекстан «Жаслар аўқамы» орайлық Кеңесиниң биргеликтеги ислеп шығылған оқыў бағдарламасы тийкарында, Коңырат районында «Оила» илимий-әмелий изертлеў орайы Коңырат районы бөлими, районлық ҳаял-қызлар комитети, «Ҳәким Сулайман» жоме мешити имам хәтиби, Пуқаралық халарларды актлестирип жазыў бөлими (ПХАЖ), районлық медицина бирлеспеси ҳәм Өзбекстан «Жаслар аўқамы» Қоңырат районлық Кеңеси менен биргеликте «Жас келин-күйеўлер инновациялық мектеби» биринши топар тыңлаўшыларына «Шаңарақ психологиясы» бойынша сабақ өткерилди.

Коңыратта «Жас келин-күйеўлер инновациялық мектеби» өз жумысын баслады

Бундай инновациалық мектепти ашыўдан мақсет, жас келин-күйеўлерге өмир жолларында ушырасатуғын машқалалар ҳәм олардың шешиў жоллары ҳаққында тәжирийбели тараў хызметкерлери тәрепинен «Шаңарақ психологиясы», «Диний ағартыўшылық жолында», «Шаңарақларда хуқықый мүнасибетлер», «Репродуктивлик саламатлық сырлары», «Шаңарақ бюджети экономикасы» ҳәм «Шаңарақлардың беккемлигин тәмийинлеў ҳәм мәҳәллелердың роли» бағдарлары бойынша түсиниклер берип барылады.
Соның менен бирге ерли-зайыплылар арасында ҳәр қыйлы жәнжеллердиң келип шығыўының алдын алыў, саламат турмыс тәрепин жаратыўдағы тийкарғы бағдарлар, некеден тысқары мүнасибетлердиң алдын алыў, түсиниклериниң шаңарақ беккемлигине тәсири ҳәм рөли, үлгили шаңақларды кәлиплестириў, миллий ҳәм диний қәдириятларды беккемлеўдиң әҳмийети, сондай-ақ, шаңарақ мүнасибетлериниң бузылыўы, ажырасыўлар менен байланыслы процесслер, олардың келип шығыўы ҳәм ақыбетлери ҳаққында кең түсиник бериледи.

Коңыратта «Жас келин-күйеўлер инновациялық мектеби» өз жумысын баслады

Бул бағдарда бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте жәмийетимизде ҳәр тәреплеме жетилискен, жас шаңарақларды өмирге таярлаў бағдарындағы жумыслар даўам етеди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

        Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын