
ϴзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен жаслар менен ислесиўди нәтийжели шөлкемлестириўде мәденият көркем-өнер, спорт, информациялық технологиялар, китап оқыўға қызығыўшылығын және де арттырыў бойынша бес тийкарғы баслама қабыл етилди.
Мухаммед Ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы жанындағы академиялық лицейинде 2019-жыл 26-ноябрь күни Жаслар аўқамы жетекшиси Г.Турежанованың басшылығында «Бес баслама Бес имканият» ураны астында илаж өткерилди. Илажға лицей оқытыўшылары ҳәм оқыўшылары қатнасты.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz