Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.12.2019 11:37
  • 1058

Ески үлгидеги паспортын биометриялық паспортқа алмастырмағанлар неше сумлық жәриймаға тартылады?

Ески үлгидеги паспортын биометриялық паспортқа алмастырмағанлар неше сумлық жәриймаға тартылады?
Өзбекстанда биометриялық паспорт алмаған пуқаралардың ески үлгидеги паспортларын алмастырыў мүддети 2019-жылдың 31-декабрь күнине шекем етип белгиленген. Егер усы көрсетилген ўақытқа шекем алмастырылмаса, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 223-статьясына муўапық, 111 500 сумнан 669 мың сумға шекем жәриймаға тартылады.
Өзбекстанда биометриялық паспортлар 2011-жылдың январынан баслап енгизилген болып, ески үлгидеги паспортларды толық алмастырыў ушын дәслеп 2015-жылдың декабрь айына шекем, соңынан 2018-жылдың 1-июлына шекем ўақыт берилген еди. Бирақ, бул ўақытқа шекем мәмлекет халқының көпшилик бөлеги паспорт алмастыра алмағанлығы себепли бул бойынша ақырғы мүддет 2019-жылдың 31-декабрь күни етип белгиленген еди.
Мағлыўмат ушын, Өзбекстанда 2021-жылдан баслап биометриялық паспорт орнына ID-карталар енгизилиўи күтилмекте. Мағлыўматларға қарағанда, 2021-жылы әмелдеги биометриялық паспортлардың енгизилгенине 10 жыл толады ҳәм сол жылы берилген паспортлардың мүддети питеди. Мүддети питкен биометриялық паспортлар басқышпа-басқыш ID-карталарға алмастырылады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал