Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.12.2019 19:37
  • 1168

Хош хабар! НМПИ студентлери «Тафаккур синовлари» таңлаўының финал басқышында 1-орын жеңимпазы болды

Хош хабар! НМПИ студентлери «Тафаккур синовлари» таңлаўының финал басқышында 1-орын жеңимпазы болды
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен усы жылдың 16-18-декабрь күнлери аралығында Ташкент қаласында «Студентлер форумы» шөлкемлестирилип, көтериңки руўхта өткерилмекте.
Форум шеңберинде бүгин, 17-декабрь күни Ташкент мәмлекетлик экономикалық университетинде «Тафаккур синовлари» республикалық таңлаўының финал басқышы болып өтти.
Финал басқышына таңлаўдың аймақлық басқышларында жеңимпаз болған Әндижан мәмлекетлик университети, Самарқанд мәмлекетлик университети, Ташкент мәмлекетлик аграр университети, Ташкент автомобиль жолларын жойбарлаў, қурыў ҳәм эксплуатациясы институты, Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты және Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Ғәрезсизлик жаслары» командасы қатнасты.
Таңлаў жуўмақларына муўапық, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Ғәрезсизлик жаслары» командасы ең жақсы көрсеткиш пенен жеңимпазлықты қолға киргизди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...